Кең дәрбентке тийкар салған мектебим
2023-жыл 16-декабрь күни Нөкис қалалық Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң шөлкемлестирилгенине 50 жыл толыўына мүнәсибети менен «Кең дәрбентке тийкар салған мектебим» атамасында байрам кешеси болып өтти. Байрам кешесине Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң биринши орынбасары Б.Аллахов қатнасып мектеп жәмәәтиниң усы күнге шекемги жемисли мийнетлери ҳаққында айтып өтти ҳәм келген мийманларды жәнеде мектеп жәмәәтин юбилей кешеси менен қызғын қутлықлап өтти. Буннан басқада юбилей кешесине өз дәўиринде жәмәәтти басқарған нураный устазлар жемисли мийнет еткен устаз окытыўшылар жәнеде усы мектепти питкерген ҳазирде усы тараў бойынша оқытыўшы болып ислеп атырған, мәмлекетлик сыйлықларға ийе болған,тпрофессор атағына ийе болған пидайы тараў ўакиллери қатнасты. Байрам даўамында мектеп оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.