Дөретиўшилик ушырасыў
2024-жылы 12-февраль күни мектебимизде Өзбекстан Республкасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтыӊ 2018-жыл 28-ноябрдеги Өзбекстан Республкасында миллий мәдениятты еледе раўажландырыў концепциясын тастыйқлаў туўрасындағы» ПҚ-4038-санлы қарарын орынлаў бойынша жанеде Нөкис қаласы Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими ортасында дүзилген өз ара шериклик мемарандумының ис режесиндеги көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўын тәминлеў максетинде көркем өнер академиясының бир қатар қанийгелери қатнасыўында дөретиўшилик ушырасыў ҳәм Шеберлик сабаклары болып өтти.