Шеберлик саатлары өткерилди
2024-жыл 22-февраль күни Нөкис қаласы Әмет бақсы атындағы 12 санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Фортепиано пән ҳәптелиги мүнәсибети менен Тахтакөпир районы 17-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң фортепиано ҳәм эстрада вокал бөлимлериниң бир қатар оқыўшы ҳәм оқытыўшылары қатнасында тәжирийбе алмасыў ҳәм Шеберлик саатлары өткерилди.Жәнеде еки мектептиң оқыўшылары ҳәм тәжирийбели оқытыўшылары қатнасыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.