Бақсышылық пән ҳәптелиги
Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигине қараслы билимленириў мекемелеринде 11-16-март күнлери аралығын «Бақсышылық пән ҳәптелиги» деп жәрялаўы мүнәсибети менен 2024-жыл 12-март күни Нөкис қаласы Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият иниституты Нөкис филиалы доценти Ықласбай Мояновтың қатнасыўында Бақсышылық бөлими оқыўшыларына Шеберлик сабағы болып өтти. Шеберлик сабағы барысында Ы.Моянов тәрепинен өткерилген темалары шеңберинде пикир усыныслар да тыңланды.