+998(61) 222-15-80, +998(61) 222-25-82

20-03-2024 185
«Әлем сениң менен нурға толады, Наўрыз!»

2024-жыл 19-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жанында ҳәм «Дослық» каналы бойында болып өтген «Әлем сениң менен нурға толады, Наўрыз!» атамасындағы улыўма халықлық Наўрыз сейилине бағышланған театрластырылған ҳәм әдебий музыкалы хореографиялық байрам тамашаларында Нөкис қаласы Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң Хореография ҳәм Эстрада вокал бөлиминиң бир қатар оқыўшылары өзлериниң қосық ҳәм аяқ ойынлары менен қатнасты. Байрам сейиллери жоқары кейпиятта көркем өнер шеберлери атқарыўындағы саз-сәўбетлер, театрластырылған көркем-әдебий шығыўлар, миллий халық ойынлары ҳәм басқа да байрам тамашалары менен көтериңки рухта өткерилди.