“ГУЎАЛЫҚ”лары салтанатлы турде тапсырылды
2023-жыл 12-июнь куни Нөкис қаласы Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде 2022-2023 оқыў жылы питкериўшилерине “ГУЎАЛЫҚ”лары салтанатлы турде тапсырылды. Кешеде питкериўши оқыўшылар тәрепинен қосықлар атқарылды ҳәм ата-аналар ҳәм устазлар улкен өмирге қәдем атып атырған жасларға өзлериниң жыллы тилеклерин билдирди.
