Юбилей ҳәм дөретиўшилик ушырасыўы болып өтти
2024-жыл 13-март күни Нөкис қаласы Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде көп жыллардан берли халқымыздың миллий мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыўға, әсиресе жасларға тәлим-тәрбия бериўде өзиниң көп жыллық тәжирийбесине ийе устаз оқытыўшы, Қарақалпақстан Халық билимлендириў ағласы Башерова Сапаргүл Елиўбаевнаның 50 жасқа толған юбилей кешеси ҳәм дөретиўшилик ушырасыўы болып өтти.