+998(61) 222-15-80, +998(61) 222-25-82

20-03-2024 169
Харезмли мийманлар мектебимизде

2024-жыл 15-март күни Нөкис қаласы Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Харезм ўәлаяты 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң бир қатар оқытыўшылары келип өз ара тәжрийбе алмасыў мақсетинде мийман болды. Келген мийманларға дәслеп мектептиң оқытыўшы ҳәм оқыўшылары тәрепинен концерт дәстүри қойып берилди. Концерт бағдарламасынан соң оқытыўшылар өз жөнелислери бойынша сабақ барысында болды. Өз орнында ҳәр еки тәреп оқытыўшылары бир биринен өз ара шеберлик сабақларын алды. Ушрасыўлар барысында еки миллеттиң қосықлары атқарылып ойынға түсти