1-октябрь Муғаллимлер ҳәм устазлар күни
Пайтахтымыздағы Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде 1-октябрь Муғаллимлер ҳәм устазлар байрамына арнап “θмирим бағманы адиўли Устаз” атамасындағы байрам кешеси болып өтти. Байрам кешесинде мектебимиз директор С.Мухаммеддийнов шығып сойлеп, Мәдениятымыздың раўажланыўына өзиниң үлесин қосып киятирған әдиўли устазларымызды байрам менен қутлықлап, байрам мүнәсебети менен, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министирлиги, Нөкис қаласы ҳәкимлиги, ҳәм де мектеп жәмәәти тәрепинен устазларға ҳүрмет жарлықлары тапсырылды, кеше соңында мектеп оқыўшылары тәрепинен тайраланған концерт бағдарламасы қойып берилди