Жане бир жетискенлик
2023-жыл 28-ноябрь күни Маденият ҳәм көркем өнер тараўында уқыплы жас дөретиўшилерди излеп табыў ҳәм оларды қоллап куўатлаў мақсетинде оқыўшылар арасында болып өткен “Камалак жулдызлары” балалар дөретиўшилик фестивалының Нөкис қалалық басқышында Нөкис қаласы Амет бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшыларынан Хожабергенов Айдос (устазы Клишева Наталья) сыйлы I орын, Айтмуратова Жасмина (устазы Дәўирханов Ринат) сыйлы I орын, Оңғарбаев Арыслан (устазы Ережепова Раўшан) сыйлы I-орын, Айтмуратов Сардарбек (устазы Зарлықбаев Аллаяр)сыйлы I-орын, Орынбаева Айнура (устазы Баўенова Айнура) II орын, Хожалепесов Улығбек (устазы Исакулов Ахмет) II орын, Атажанова Албина (устазы Жуманиязова Мехрибан) II орын. Умирбаев Нурдаўлет (устазы Исакулов Ахмет) III орынларды ийеледи. Оқыўшылардың устазларын жетискенликлери менен шын жүректен кутлықлаймыз