+998(61) 222-15-80, +998(61) 222-25-82

24-04-2023 103
“Мәденият ҳəм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажы болып өтти

15-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Мәденият ҳəм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Өткерилген салтанатлы илаж даўамында байрам мүнəсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳəм Өзбекстан Республикасы маденият ҳәм туризм министрлиги тəрепинен Нөкис қаласы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби «Фортепиано» бөлими оқытыўшысы Клышева Наталья Ивановна көкирек белги ҳәм мектебимиздиң оқыў ислери бойынша директор орынбасары Абибуллаев Ажинияз Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.