“Дәстанларды жырлаймыз” атамасындағы биринши Республикалық жыраўлар таңлаўы
Усы жылдың 23-февраль сәнесинде, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият Министрлиги Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими жәнеде “Атияж-Гүлзар” жуўапкершилиги шекленген жәмәәти менен биргеликте, Өзбекстан халық хафызы, Қарақалпақстан халық жыраўы Жақсылық Сырымбетовтың 75 жыллық еслеў кешесине бағышланған, “Дәстанларды жырлаймыз” атамасындағы биринши Республикалық жыраўлар көрик таңлаўы болып өтти.
Бул танлауда 1-орынды Нөкис қаласы 12-санлы балалар музика ҳәм көркем өнер мектеби оқытыўшысы Давронбек Ендирбаев жеңимпаз деп табылып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен хошаметленди.