+998(61) 222-15-80, +998(61) 222-25-82

19-03-2023 120
«Дәстанларды жырлаймыз» атамасындағы биринши Республикалық жыраўлар таңлаўы

Усы жылдың 23-февраль сәнесинде, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият Министрлиги Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими жәнеде «Атияж-Гүлзар» жуўапкершилиги шекленген жәмәәти менен биргеликте, Өзбекстан халық хафызы, Қарақалпақстан халық жыраўы Жақсылық Сырымбетовтың 75  жыллық еслеў кешесине бағышланған, «Дәстанларды жырлаймыз» атамасындағы биринши Республикалық жыраўлар көрик таңлаўы болып өтти.

Бул танлауда 1-орынды Нөкис қаласы 12-санлы балалар музика ҳәм көркем өнер мектеби оқытыўшысы Давронбек Ендирбаев жеңимпаз деп табылып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен хошаметленди.